КОЛОНИЯ
Қарақалпақша
ат. 1. Империалистлик мәмлекетлер тәрепинен басып алынған, эксплўатацияланыўшы ҳәм өзиниң мәмлекетлик ғәрезсизлигин жойған ел.
Барлық мийнеткешлер биригип, колониялық ҳәм қулшылыққа қарсы гүреске шықты (Қ.Ирманов).
2. Басқа еллерден келгиндилер қоныс басқан посёлка.
3. Белгили бир елдиң адамларының басқа бир қалада, елде мәкан басып отырған орны, қәўимлиги.
4. Белгили бир мақсет пенен бирге жасаў ушын қонысландырған кисилердиң жатақханасы.
Балалар колониясы.
5. Организмлер группасы.
Микроблар колониясы.