КОЛОННА
Қарақалпақша
ат. 1. Адамлардың ҳәм де басқалардың (атлардың, машиналардың, танклердиң, тракторлардың) араларының бир қәлипте қатар дүзеп бириниң изинен бир сапта жүриўи, қатар дизилисип жүриўи.
... өзиниң минетуғын машинасы бола турса да, ат үстинде кәрўан көшти баслағандай, полкти ертип, колоннаны баскарып келеди (Қ.Айымбетов).
2. архит.
Тирек болып хызмет ететуғын үлкен бағана.
Көп этажлы жайлар ишиндеги заллар бир неше колонналы болады.