⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КОМПАС

Қарақалпақша

ат. Қубланама, жер жүзиндеги еллерди анықдайтуғын магнитли көрсеткиши ҳәр ўақыт арқаға қарай бағдарланатуғын, көбинесе бундан теңизшилер, моряклар, саяхатшылар пайдаланатуғын саат сыяқлы әсбап, курал. О, мен хәзир компас болсам, сүйиклим, Саған барар еди-аў барлық корабль! (И. Юсупов). Адам жүрегиниң компасы — билиўши, анықлаўшы, бағдарлаўшы, жол көрсетиўши. Мен оны адам жүрегиниң компасы десем де қәтелеспеймен (Ө. Хожаниязов).