КОМПОЗИЦИЯ
Қарақалпақша
ат. 1. Әдебий шығармалардың қурылысы ҳәм олардың бириктирилиў, байланыстырылыў жолы, адамлардың сыртқы формасы, сықылы, минез-қулқы, ис-ҳәрекети, күйиниши, сөйлеген сөзи, қыскасы, усылар қусаған шығармада ғезлесетуғын ўақыялардың ҳәр түрли бөлшеклердиң жүйин таўып, оларды жазыўшының асқан шеберлик пенен бир пүтин нәрсе етип шығарыўы, шығарманың композициясы, шығарманың қурылысы.
Сондай-ақ, дәстанның сюжетлик мазмуны, композициясы, унамлы-унамсыз геройларының характери усындай (А.
Кәримов).
2. Музыкалық шығармаларды дөретиў теориясы.
3. Көлемли музыкалық шығарма.