КОНТРАБАНДА
Қарақалпақша
ат. 1. Тыйым салынған ямаса салық салыўға жататуғын мал-мүлкти, өнимлерди, товарларды хәм де бахалы, қымбат затларды, басқада буйымларды мәмлекетлик шегарадан қупыя, жасырын түрде бажы төлемей өткизиў.
2. Усындай жол менен өткизилген мал-мүлк, өним, товарлар ҳәм де қымбат бахалы затлар, басқа да затлардың өзи.
Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының контрабандаға қарсы гүресиў бөлими хызметкерлери тәрепинен тийисли хуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте хәзирги ўақытта пиротехника қуралларының нызамсыз айланысының алдын алыўға қаратылған илажлар әмелге асырылмақта («ЕҚ» г.).