⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КОНТРАКТ

Қарақалпақша

ат. Тәреплердиң өз ара келисиўи нәтийжесинде дүзилғен шәртнама, шәрт, келисим, питим. Базарком өзиниң балдызына балалар бақшасының баслығы ўазыйпасын алып бериўди, Өткирбайға МАЗ беретуғын автокәрхана директорының қызын жумыска алған бас врач өзиниң қызын контракт пенен институтқа киргизиўди, институт ректоры жақын районнан студентлер егин егип тәрбиялаў ушын 60 гектар жер алып бериўди, жер беретуғын колхоздың баслығы Беларуссиядан бир экскаватор алдырып бериўди өтиниш етти (М.Нызанов). Қайыпберген деген узағырақ жийенимиз бар еди, баласының контракт пулын төлей алмай атыр екен, «өзим сорасам, бермейди» деп қартайған апамызға соратыпты (М.Нызанов).