КОНФЕТ
Қарақалпақша
ат. Ҳәр түрли формадағы кишкене етип иеленген кондитерлик мазалы аўқат, тағам.
... Тамараға бир конфет бергени ядыма түсип кетти... (Ө.Айжанов).
Гүлайша бир кило конфет, бир метр қызыл сәтен, еки шише одеколон, еки қуты ет консервасын дастурханға орады (Т.Нәжимов).