⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КҮЙДИРГИ

Қарақалпақша

ат. 1. Денени қатты аўыртып, қыздырып шығатуғын жүдә зыянлы ириңли жара. Оның үстине, бетине күйдирги жара шықты (К.Султанов). 2. аўыс. Жанды жегидей жейтуғын аўыр уўайым, өкиниш, қайғы. Буның үстине дәрт жамалып, бул да күйдирги болып өте шықты. 0 Тилине күйдирги шығыў — тили ашшы адамларға қарата айтылатуғын сөз, гарғыс (жаман сөз айтқаны ушын тилине күйдирги жара шығыўын тилеўден пайда болған ғарғыс). Тилине күйдирги шыққандай сөйлейди бәдбақ (Ө.Айжанов). Елим енди көшпегей, көшсин дегенлердиң тилине күйдирги шықсын... (Т.Қайыпбергенов). Күйдирги сөз — аўыр тийетуғын жаман сөз. Билмеймен күйдирги сөзди қайдан табатуғынын, — деди кемпир. Күйдирги ой — аўыр, қатты тийетуғын ой. Күйдирги ой оны шыдатпағандай тынышсызландырды (ққ.кем.атл.). Күйдирги минез — бирден ашыўланып, биймаза қылып мазаны алатуғын минез. 3. аўыс. Күйдирги — биймаза, тәртипсиз, қулақсыз адам.