КҮЙИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Жанып турған отқа, қозға, қайнаған суўға, күйдирилген майға писип қалыў, күйип қалыў.
От пенен ойнама, қолларың күйеди (X.
Турымбетов).
2. Өртениў, жаныў.
Кемпирдиң жармасын ишип болып патша тандырды көрсе, ишинде бир адам күйип өлип атыр екен (ққ.х.е.).
Отқа күйген белсаптай, тақан түйген келсаптай, Дүңкилдемең келинлер (Р.Хожамбергенов).
3. Ыдыстың астында от жаныўы менен оның ишиндеги суйықлық ҳәм тағы басқа усы сыяқлы тағамдардың күйиўи.
Майым күйип кетер, ишке барайын.
4. Ыссылықтың тәсиринен ҳәр түрли затлардың күйиўи.
Нан пискенше гүлше күйеди, (ққ.х.н.м.).
5. Аўырыўдың, наўқастың бийтаптың денесиниң қатты қызыўы, ыссылығы көтерилиўи.
6. Күнниң қатты шыжғырып ысып кетиўи, қайнаўы.
Күйип турған күн тас төбемизге түсип, адамды шыдатар емес (Ө.Айжанов).
0 Қумға күйиў — жердиң ыссылығы, қызыўы, шыжғырыўы.
Суўға кетип мантығып, Қумға күйген табаны (Т.Сейтжанов).
Аяқ күйиў — күнниң қатты ысыўының нәтийжесинде жердиң ысыўынан аяқты күйдириўи.
Жер бассаң — аяғың күйеди, тик жүрсең көктен қадалған қуяш мийимизди теседи (Ө.Хожаниязов).
Қуяшка күйиў — күнниң ысыўынан қызыў, ысыў, писиў.
Қуяшқа күйген бетлериниң алмасы қаралтым қызыл, мурнының ушы сәл ийилген, үпилдирик муртлары жаңа ғана тап берип киятыр (Т.Қайыпбергенов).
7. аўыс. Дәртке аспай қалыў, босқа кетиў.
Шылымкештиң қолы күйеди, Ҳәм пулы күйеди (кқ.х.н.м.).
8. аўыс. Жоқ болыў, набыт болыў.
Маллының малы күйеди, Малсыздың жаны күйеди (ққ.х.н.м.).
9. аўыс. Басқа биреў ушын азап шегиў, жаны ашыў, қыйланыў, жәбирлениў.
Сумлық қылса сыр алдырар баладай, Кеўилшеклик минезине күйемен (И.Юсупов).
10. аўыс. Ашыўы келиў, ханасына сыймаў, исиниў, ызаланыў.
Тағы да не ылаң шығарды, - деймен ишимнен, күйип кеттим (Ө.Айжанов).
11. аўыс. Қыйнаў, кегин алыў, өш алыў.
Наўқан туттым халқым жипек кийсин кеп, Дос куўанып, душпанларым күйсинасп (И.Юсупов).
12. аўыс. Азап көриў, бийзар болыў, жанына тийиў.
Ата-анамды көп күйдирди, Залымдығың хан билдирди, ... (Бердақ).
Өзим рекламадан күйип отырман ғо (М.Нызанов).
13. аўыс. Жақсы көриў, ашық болыў, сүйиў.
Ҳәр ким яр ышқында күйсе жасында, Мендей болып күйсин, Әмиўдинқызы (И.Юсупов).
14. аўыс. Шыдамаў, сабырсызланыў, тақатсызланыў.
Күйгениңнен айтасаң-аў, баяғылары студенти дегенниң стипендиясы өзине жетип шамаласар еди, быйылларғысы сирә мурт май болмайды екен (М.Нызанов).
0 Аузы күйиў — 1. Аузы ыссы нәрсеге (ыссы суйықлық, қатты зат т.б.) күйиў.
Быламыққа аўзы күйип, Еңкейгенде мурты тийип, Ашыўланып қабақ үйип, Бир ойқанды салған екен (Бердақ).
2. аўыс. Қәтелескен, адасқан, алжасқан.
Аузы күйген — қатықты да үплеп ишеди (ққ.х.н.м.).
Қайта-қайта аўзы күйген халықпыз (Т.Қайыпбергенов).
Ашықпық отына күйип-жаныў — мухаббатқа берилиў, ашықлық дәртиннен жаныў.
Шарық ийирсем былғаўышым қараман, Ашықлық отына күйип-жанаман (ққ.х.қ.).
Жаны күйиў — қыйналыў, азапланыў.
Малсыздың жаны күйеди (ққ.х.н.м.).
Жан күйдириў — өзин аямаў, жанын пидә етиў, берилип ислеў.
Дәртли лираң менен инсанлар бахтын, Жан күйдирип жырлайсыз сиз удайы (И.Юсупов).
Жүрек күйиў — аўыс. Қыйналыў, азапланыў.
... жүрегим күйселе сыр бермей отырдым (Ө.Хожаниязов).
Иши күйиў — 1. Қыйналып азапланыў.
Жаманға бир ис тапсырсаң, Питкенше ишиң күйеди (кқ.х.қ.).
2. Бар болғанын көре алмаў, қызғаныў.
Иши күйген дуз жаласын! Өмиримиз бар бағы-бостан, ... (И.Юсупов).
Иштен күйиў — кийлигип жүриў, жығырданы қайнаў, қәҳәрлениў, күйиниў.... иштен күйип жүрген адамлардың да ол ўақытлардағы зулымлықларын еситип, көргеннен соң хан хүкиметинен кеўли қайтайын деди (К.Ирманов).
Күнге күйиў — қыйналыў, азап шегиў, тиккелей қуяш нуры астында қалу.
Жол бойында күнге күйип, шаңжутын, Турыпты бир бала көтерген ҳаял (И.Юсупов).
Күйип кетиў — қатты ашыўланыў, жанып кетиў, күйиниў.
Дәкки үстине дәкки жеген Ромеш ақыр соңында биротала күйип кетти.
Күйип-жаныў — қатты қыйналыў, кийлигиў.
Есинен танып күйип-жанды («Мәспатша»), Баршынның ашықлығын бир-бир баян қылып, күйип-жанып, шайырлық пенен Көкаман қул патшаға не айтып турған усайды («Алпамыс»).
Күйип-писиў — шыр-пыры шығыў, парт болыў, күйиниў.
Нурлы сөзин күйип-писип тез-тез айтады (К.Аралбаев).
Кейин өз-өзинен күйип-писип басын шайқай береди (А.Бекимбетов).
Күйиктен шашы ағарыў — жаманнан бийзар болыў, азап, қыйыншылық.
Жетписке ҳәм келди жасым, Күйиктен ағарды шашым,... (Бердақ).
Қанат күйиў — күнниң ыссылығынан жердиң ҳәм аспанның, әлемниң қызыўы, ысыўы, күйдириўи, шыжғырыўы.
Қус ушса қанаты күйген Мырзашөл, Ҳәзир-ақ ал