⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КҮЙИК I

Қарақалпақша

ат. 1. Өртең, от тийип шала жанған күйиндилер. Өртенип өзегин шалған күйикке, Жүрегин жулып жеп заман хазары (И.Юсупов). Ҳәтте, қылышларының қынаплары да қара, саплары да қара, атлары да қара, тап күйик ағаштардан соғылғандай биреўлер (Т.Қайыпбергенов). 2. Отқа күйген жер, соннан болған жара. Күйикке жағатығын дәрилери оғада сасық, баяғы геўректиң ийисин еслетеди (М.Нызанов). 0 Күйик нан — нанның отқа күйип кетиўи. ... нанның күйиги, жарманың суйығы — тамағы сол болсын,... («Мәспатша»).