⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КҮЙИК II

Қарақалпақша

ат. 1. Уўайым, ҳәсирет, муң, күйиниш. Билсең хабарьш бериң, керўанлар, Қалып турман хәсирет пенен күйикке («Алпамыс»), Жетписке ҳәм келди жасым, Күйиктен ағарды шашым (Бердақ). 2. аўыс. Ауқаттың ийиси, таяр болғаны. Пискен астың күйиги жаман (ққ.х.н.м.). 3. аўыс. Дәрт, қайғы, әрман. 0 Бала күйиги баўырда — перзенттиң жаман болыўы ҳәм бахытсызлықка ушыраўынан адамның баўырына тәсир етиўи, дәртке ушыраўы, қыйналыўы, күйиниўи. — «Бала күйиги баўырда», — деген шырағым, узақ жолдан ҳарып-талып келгенде, бирден уўайым шекпесин деп еситтире алмадық (Ө.Хожаниязов). Көзге күйик болы — қайғы, хәсирет, уўайым болыў. Буның бул жүриси көзине күйик болып жүр оның, — деди Сәлима (К.Султанов). Созсам қолым жетпес, күйиксең көзге, Ортамызда терең суў ағып турар (И.Юсупов).