КҮЙИКЛИ
Қарақалпақша
кел. Қайғылы, дәртли, әрманлы, уўайымлы, күйинишли ҳәсиретли, муңлы.
Күйикли хаял екен.
Бундай күйиклилер аз ба, қайсы бирин жубатып болады? (Т.Қайыпбергенов).
Усы еди күйикли, қолында барың, Удайына исенер ол ахыў-зарын (Омар).
— Мен шықпайман бул дүньяға, Нем бар күйикли дүньяда (Бердақ).
Нешше жылғы күйикли, Азабын сол күни өндирди.
(«Мәспатша»).