КҮЙИНИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Қайғырыў, уўайымлаў.
Ҳасыл парша кийинген, әрманда иши күйинген, Гәуҳарлы илгеклер жайлы-жайында илинген («Мәспатша»).
Мени жойтып отырсаң да күйинип, Кирип келсем қарар едиң сүйинип (Қ.Султанов).
2. Ызаланыў, кейиў, назырқаныў.
Қосыбай тунжырап отырып, жекиринип күйинди (К.Султанов).
3. Ашыўланыў, тулланыў, күйип-писиў, қәхәрлениў, түтигиў.
Исип-кеўип күйиниў менен кисесинен папирос алып шекти (Ө.Хожаниязов).
Отырған бийлер, кәтқудалар елге қайтып ... күйинип парты шығып, кәхәрленип, барып-келип отыр (Ж.Аймурзаев).
4. Қыйналыў, жаны ашыў, азарланыў.
Үй машқаласы жеңилип, дүзелип киятырғанына қарамастан, көп сарсық, ишлей күйиниў Ақбийдайды жиңишке жапсаққа тап қылды (Т.Қайыпбергенов).