⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КҮЛ I

Қарақалпақша

ат. Отқа жағылған нәрсениң (ағаш, резина ҳәм т.б.) қалдығы, майда унтағы. ... саўдагерлердиң ҳаялы жанып, күл болып кетипти (ққ.х.е.). ... қуўратып қойған ғаўашаның гүлин жағып күл етти (Ж.Аймурзаев). 0 Күл етиў — ышқында жаныў, жақсы көриў, жолында ада етиў, қыйнаў. Үмитсиз ышқы аяўсыз, Өртеди оны, күл етти (И.Юсупов). Күл болыў — өзин арнаў, бағышлаў, жоқ етиў. Ол әжайып саз даўысқа сайрап-сайрап, ышқы отында өртенип күл болады ҳәм күл ишинен дүр-дүр силкинип қайта тириледимис (И.Юсупов). Көмешине күл тарыў — өз пайдасына тартыў, өз мәпи ушын қызықсыныў, пайданы жақсы көриў. Ҳәр ким өз көмешине күл тартқан. Баспана жоқ, ашыркады кеўип ел (С.Нурымбетов). Көмешке күл тартсаң, егер гөрқаўсып, Жеңилдиң үстинен барсаң жалқаўсып, ... (И.Юсупов). Оты менен кирип, күли менен шығыў — бир үйдиң барлық жумысын ислеў, тынымсыз, минсиз хызмет етиў. Оты менен кирип, күли менен шығып жүргенде, Палманға көк тыйын бермей қуўып жиберген (Н.Дәўқараев).