КҮЛИМЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Күлимсиреў, жымыйыў, әсте езиўин тартыў, мыйық тартыў, күле шырай бериў.
Жабылған қабағының астынан көзи күлимлеп турды (Ө.Айжанов).
Отыр бәри столда, Жарқын жүзи күлимлеп (Б.Қайыпназаров).
Есиктен бир адам күлимлеп шықты (Ө.Хожаниязов).
2. Жайнаў, жарқыраў, дөниў, кубылыў.
Енди оған биреўдин жүзине қараў, ерине күлимлеў мүмкин емес (Т.Қайыпбергенов).