КҮН ТУЫЎ
Қарақалпақша
1. аўырманлықтың түсиўи, қыйыншылық көриў.
Ел басына күн туғанда, Ер намысқа шабар болар (И.Юсупов).
2. Турмысы жақсыланыўы, бахытлы турмыс кешириў, бахытлы болыў.
Түсинде бир жағынан ай, бир жағынан күн тўады (ққ.х.е.).
3. Басына ис түсиў.
Оның зейнине тийсең басыңа «шопанның таяғына сүйкенген ешкиниң» күни тўады (М.Нызанов).
4. Шадлы демдер, қуўанышлы мәуритлер.
Той тарқар күн — Маманларды жолға узататуғын қуяшлы, әр қашанғыдан жақты, инабатлы күн туды (Т.Қайыпбергенов).