⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КҮНДЕЛИКЛИ

Қарақалпақша

кел. 1. Күнде, ҳәр күндеги, ҳәр күнги, күн сайынғы, әдеттеги, үйреншикли. Күнделикли тәртипте жумыс басланды (А.Бекимбетов). Келе-келе бул күнделикли әдетке айланып кетти (Ө.Хожаниязов). Күнделикли турмыс талаплары нан туўған мәселелерди жазыўға кетти (Ә.Шамуратов). 2. Мудамы, удайы, ҳәрдайым. Күнделикли өмир ғалмағалы өзгериссиз, кешегиден бүгингинин мийнети аўырласып, күнлер ете берди (Т.Қайыпбергенов). Өзлериндей балаларға қосып таныстырады ҳәм күнделикли сабакдарының орынланыўын кадағалаўды ҳеш умытпайды (Г.Есемуратова).