⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КҮНИ ТОЛЫЎ

Қарақалпақша

1. Белгили ўақыты, мезгили болыў. Бизлердиң қайтыўымыз керек, экскурсиямыздың күни толды, буннан артық жүриўге болмайды, — деди муғаллим оқыўшыларға («Жеткиншек» г.). 2. Тўатуғын күниниң жақынласыўы, босаныўға шамаласыўы, ўақыты болыўы. Ләйләтул ақшам толғатты, Айы, күни толған екен (Бердақ).