⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КҮШЕЙТИЎ

Қарақалпақша

ф. Күш бериў, арттырыў, нығайтыў, ҳәллендириў, раўажландырыў. Ябыларға қарсы шабыўылға таярлықты ҳәр тәреплеме күшейтип атырған қоңыратлылар сүйикли Ырысқул бийи болмағаны ушын таярлықты бир мәртебе көзден өткериўди Ғайып ханнан өтинди (Т.Қайыпбергенов). 0 Күшейтип жибериў — раўажландырыў, пәтлендириў, өшегистириў....оларды жарастырыўдың орнына қайта жәнжелди күшейтип жиберди (Ө.Айжанов).