КҮШЕНИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Барлық организмди жумсап күш алыў, күш салыў, күш жумсаў, керилиў, ширениў.
... дәрьядағы қайықты бар күшимди салып, күшенип тартсам да бир өзим сыртқа шығара алмадым (Ө.Айжанов).
2. аўыс. Қуры урыныў, босқа ҳәрекет етиў, бийкарға талпыныў.
... Суўдағы қурбақа да күшенип ўарқ-ўарқ етип бақырып жиберди (А.Бегимов).