КҮШКҮЙЕЎ
Қарақалпақша
ат. Үйленгеннен кейин ҳәм де үйленгенде қыздың үйине орналасқан күйеў, қыздың хожалығына күйеў болып келиў, кириў, сол шаңарақта бирге жасаў.
... қыздың үйине күшкүйеў болып кирип те алды (Ә.Шамуратов).
... күшкүйеў болсаң сынамалы боласаң, — деди ғарры (Қ.Айымбетов).