⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КҮШЛИ

Қарақалпақша

кел. 1. Мықты, қарыўлы, халлы. Маман оның таслардан от ушқынлатып атырғанына қарап: «Бул не деген күшли адам!» деп таңданады (Т.Қайыпбергенов). 2. Материалдық, экономикалық ҳәм де басқа жағынан қуўатлы, қүдиретли, зор. Күшли хожалықлардың өз тәрбиясына алған балалары бул есапқа кирмейди (Р.Файзий). 3. Өз кәсибин жақсы билиўши, уқыплылығы жақсы, талантлы. 4. Раўажланыўды, өсиўди тезлестиретуғын, күш-қуўат бағышлайтуғын, жуғымлы. Фронтшыларымыз ушын күшли үгит-нәсиятлар жүргизилди (Р.Файзий). 5. Қатаң, қатты, темир тәртип. Пәрманың күшли патшахым. Еситип буны Ҳәсен хан, Отырады ойланып... Бир ўақта басын көтерип, ... (ққ.х.н-м.). 6. Ҳәрекетли, жоқары, бәлент. Бизлер жолға шығыўдан-ақ күн батыс тәрептен күшли самал турып, жүриўге мүмкиншилик бермеди (Х.Алдуллин). Енди кимди сайласа да, халықтың күшли екенин умытпас ... (Қ.Ирманов). 7. Тәсиршең, өткир, тәсир күши жоқары, күшли. Госпиталдағы жарадарларға күшли дәри-дәрмақларды пайдаланып, наўқаслар тез орнынан турып, өзлери жүретуғын дәрежеге еристи (А.Бекимбетов). 8. Қурамы жоқары, артық, өткир. Бул сизлердиң виноңыздай күшли емес. Он бир-он еки градустан артпайды. Өзимиз қолда таярлағанбыз (М.Нызанов). 9. Көп, мол. Халайықтың жолына, Берди күшли дараматты, Халықтың тилегин тилеп, ... («Қырқ қыз»). 10. Абырайлы, алдынғы, раўажланған, жетилискен. Ҳәр ким ҳәр кимнен сорастырсақ, дүнья жүзиндеги ең күшли клиника дейди (М.Нызанов). 11. Илаҳый, көзге көринбес қүдирет. Текте бир күш оның айтқанын қылмас: Саў болсын гүресшең, шаршамас өмир! (И.Юсупов). 12. аўыс. Билим, ынта, зийреклик. Ҳақыйқатында тесттен жоғары балл алып, өз күши менен кирди ме оқыўға, яки Жалғас жәрдем етти ме, оның анығын әлиге шекем билмейди (А.Султанов). 13. Пәтли, қатты. Сенде сарқыраўы күшли ағыслардың. Сеннен жуўсан ийси танаўға урар (И.Юсупов). 0 Күшли айтысыў — даўласыў, жәнжеллесиў, шатақласыў. Жетим бала бай менен күшли айтысты ... (С.Айний). Жүреги күшли — қорқпас, қайтпас. Қорықпайтуғын душпаннан, Жүреги күшли шер еди (Ер Зийўар). Күшли сезим — жоқары туйғы, илҳам, яш. Күшли сезим жас жүректе қайнайды (И.Юсупов). Күшли муҳаббат — жоқары сезим, ышқы. Перзентлик кеўлимде дәрьядай тасқан, Ең қызғын, ең күшли муҳаббатым ол (Г.Шамуратова).