⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КҮШСИЗ

Қарақалпақша

кел. 1. Физикалық уқыбы төмен, басқаларға қарағанда күш-қуўаты аз, ҳәлсиз. 2. Экономикалық жағынан жағдайы төмен, басқаларға қарағанда ҳал-жағдайлары кем, аз. Жан деген күшлиге де, күшсизге де бирдей шийрин ғой, әсиресе, күшли жолбарыс усаған хайўанлардан гөре, өзлеримиз анағурлым төзимли екенбизғой деп ойладым (Ә.Шамуратов). 3. Бир нәрсениң ислеўи ҳәм де ислеп шығарыўы жағынан қуўаты басқалардан пәс, аз, қуўатсыз. «Урал» мотоциклге қарағанда «ИЖ» мотоцикли күшсиз келеди, — деди Абат («Жеткиншек» г.). 4. Тәсир етиўши күши пәс, төмен. 5. Калориясы кем, жеңил. 6. Қурамында күш бериўши органикалық затлары кем, аз, арық, өнимсиз. 7. Көзге көриниў, тәсир етиў дәрежеси пәс, аз. Самал күшсиз болғанлықтан ба, пәтпелектин жоқарылаўының мәниси жоқ, — деди Айзада Әметке («Жеткиншек» г.).