⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӘЛИЙМА

Қарақалпақша

ат. дин.с. 1. Сөз, түсиник. Жан ата сениң қасында, Өлеринде басында, Кәлийма айтын турмадым (Бердақ). ... қазылар үйме-үй кирин, кәлийма қайтарып, ораза тутың дер еди (С.Хожаниязов). 2. дин.с. Мусылманлардың қудайға хәм оның найғамбарына исеним белгиси. 0 Кәлийма шәәдет қайтарыў — гүўалық сөз айтыў, бериў. Тәңирге жазып еки жағасын услап, кәлийма шәәдет қайтарып жүрип киятыр (Ж.Аймурзаев).