⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӘМАЛ

Қарақалпақша

ат. 1. Ержеткенлик, жетискенлик, толысқанлық. Балалары ержетин кәмалға келипти (ққ.х.е.). Мың дүркин қыз-жигит кәмалға келген елат (К.Султанов). Көрсет айдай жамалыңды, Қун келискен кәмалыңды («Мәспатша»). 2. Меншикли ат, исим. Бәрибир Оразбайдың, Манаўбайдың, Кәмалдың, Өтештиң туўысқан иниси Төрештин қақыларын молла Изимбет бермеди (К.Султанов). 0 Кәмалға келтириў, кәмалға жеткериў — асыраў, сақлаў, ержеттириў, тәрбиялаў, өсириў, қайырқомлық етиў. Тәбият сулыўлығы жеткен кәмалға, Ҳәм ол мийрас болған жаңа адамға (И.Юсупов). Кәмал табыў — бахыт табыў, жақсы нийетке жетиў, бахытлы болыў. Тыныш өмир вахтасында, Иелер олар жан аямай, Ҳәр күни кәмал тапты усында, Қәддин тиклеп бир жаңа жай (И.Юсупов). — Кәмал тан, бул айтқан сөзиң жүзикке қас қондырғандай болды (Ж.Аймурзаев). Кәмал тап! — Саў болың! Деген хошамет, Ҳаўазға қосылып, тынбай жаңлады (Ж.Аймурзаев).