КӘМБИЛ
Қарақалпақша
кел. 1. Ғамхор, қәўенлер.
Кәмбил пирдиң ерлери, Қоблан атлы батырға, Ғайратланып көринди («Қоблан»).
2. Жетик, шыныққан, шынт, сыналған.
Иске кәмбил киристик (Ж.Аймурзаев).
0 Кәмбил пирге сыйыныў — ғамхор етиўши адамға сыйыныў, табыныў, арқа сүйеў, исениў.
Ат шомылып терлерге, Сыйынып кәмбил пирлерге («Мәспатша»).
Соның себебинен баспаның (редакцияның) барлық жумысына кәмбил болып жетистим (Г.Есемуратова).
Ийманы кәмбил болыў — анық исениў.
Ал, о дүньяда аты қарақалпақ әўладынын жаны жәннетте болатуғынына ийманым кәмбил, нендей дуўа болса, қарақалпақ әўладынын жолына қалыс оқыйман деп жубатты.