КӘНАР
Қарақалпақша
ат. Жаптың, дәрьяның ернеги, жағасы, бойы.
Дәрьяның суўы бәҳәрде, жазда кәнарына сыймай ағады (К.Султанов).
Кәнары азанғы қуяшқа шағылысып, жасыл опат қылған жарты дийўалдың жүзиндей, сарғыш-қаралтымланды, етегиндеги ел жер силкиниў нәтийжесинде таў басынан қулаған үйиншик тасларға усап жайылып атыр (Т.Қайыпбергенов).