КӘСИП
Қарақалпақша
ат. 1. Кәр, профессия, хызмет, жумыс, мийнет, талап, ис.
Қаражанның бақсышылық кәсибин үйреткен устазы өз анасы болады (Қ.Айымбетов).
2. Ата-анасының кәри.
Мениң анам болды гилем шебери, Терең сырын билген усы кәсиптиң (И.Юсупов).
Ҳәр бир кәсип атадан балаға мийрас болып қалады (Қ.Айымбетов).
0 Кәсип-кәри — турақлы талабы, маманы.
Ҳәр ким өзин қандай дәрежеде сезиўи — оның басқа бирэўдиң адамгершилигин, азаматлығын, кәсип-кәрин қәдирлеў менен келип шығатуғыны ҳақ (Ө.Хожаниязов).
Кәсип етиў — бир нәрсени ислеўге кәр етиў, шуғылланыў, машқул болыў.
Саўдагершиликти кәсип еткен, мениңше, дым жаман тип (Ш.Артық).