КӨБЕЙТИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир санды берилген көбейткиш канша болса, сонша рет қайталап қосыўды талап ететуғын арифметикалық төрт әмелдиң бири.
... еки санның арасына көбейтиў белгисин қойыў керек екенлигин естен шығармаңлар, — деди ол («Жеткиншек» г.).
2. Белгили бир санды берилген көбейткиш қанша болса, сонша рет еселэў.... сондай-ақ, тергэў барысында үш ай қамақта отырғаны ушын айлығын үш есе көбейтилген муғдарда мархумлардың ағайин-туўғанларынан өндирип бериўинизди сорайман (М.Нызанов).
3. Бир нәрсениң санын, сапасын, муғдарын арттырыў, молайтыў, нобай етиў.
Мазалы мийўе қанынды көбейтеди ҳәм тез арада жазылып кетесең, — деди (Ө.Айжанов).
Ҳеш кайсысы өз бетинше кете алмайды, көбиси «Хан аўылы» атанғанына масайрап, өзи кимлигин умытады, күндиз-түни хан малын көбейтиўдиң машқаласында болады, ханнан мал көбейтиўдиң, шикарға шығыўдын сырларын үйренип, кең өрис ийелеп атырғанлары да аз емес (Т.Қайыпбергенов).
4. Арттырыў, молайтыў, асырыў.
Олар Досназаровты «миллий шегараларды шешиў мәселесинде жетерли билимге ийе емес» деп рәўият шығарып, оның әтирапында өсек сөзлерди көбейтип жиберди (А.Султанов).