КӨБИК
Қарақалпақша
ат. 1. Суўдың ямаса басқа да суйықлық затлар шайқалғанда, қайнағанда көпирип жүзине шығатуғын жеңил нәрсе.
Көк-көмбек дузлы суўдың көбиги аппақ болып, анадай жерге шекем тарамай кем-кем нен узақ қала берди (Н.Дәўкараев).
2. Жанлы-жаныўарлардың қатты жүриўинен, шабысынан пайда болып, денесинен шығатуғын тер, суйық зат.
Астындағы Мәжнүн ат, Омыраўдан көбик шашады («Мәспатша»).
Бедеўдей қурықган қашқан, Омыраўдан көбик шашқан (И.Юсупов).
3. Ҳайўанаттың жанлы-жаныўарлардың аўзынан көпирип шығатуғын силекей, суйықлық зат.
Көбик аўыз — Езиўи жыртылғанша атлардың жылаўын тартты, бирақ атлар езиўиниң жыртылғанына қайыл-дә, сал егленгенге қайыл еместей, мойынларын барынша созып, тумсығы менен жер сүзерликтей дәрежеде басларын төмен салып, танаўлары желбиреп, аўзыларынан көбик шашып, дойнақты барынша таслап баратыр, жәниўарлар! (Қ.Матмуратов).
Бундай боп таяқ тиймеген, Ат аўзынан көбик ақты (Бердақ).
0 Көбик шашыў — бирэўдиң көп сөйлеўи, мыжыўы мылжың сөз.
Ол кешке дейин аўзынан үзликсиз көбик шашып, сөйледи де отырды (А.Бекимбетов).
Ақ көбик — суйықлықтың ямаса хайўанат ҳәм жанлы-жаныўарлардың тез қатты тердиң сыртқа көпирип шығыўы.
Таўдай толқын, Теңиз бети ақ көбик (Ж.Аймурзаев).
Акдәрья неге атандың, Ақ көбикпеди толқының? (К.Султанов).
Гүмис көбик — аўыс, ақ көбик, теңиз бетиндеги толқынданып шыққан жылтыр жеңил көпирик, Ер Шамурат атайдың, Ғаррыларын сепсе шигит.
Гүмис көбик ақ теңиздей, Пахта берер ой ҳәм қырың (И.Юсупов).