⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӨГЕРИЎ I

Қарақалпақша

ф. 1. Нәл тутыў, өсиў, шығыў, бөртиў, көклеў. Сондықтан, халқымыздың ырысқы-несийбеси болған гаўаша тәрбиясына нәл көгерип шыққаннан баслап белсене қатнасамыз хәм гүзги жыйын-теримде зүрәәтти жаўын-шашынға қалдырмай жыйнап аламыз (М.Нызанов). 2. Жайнаў, гүллениў, қулпырыў. Жап бойында жаўдырап, көгерди сүтилмек (И.Юсупов). 3. Алғыс, рахмет. Кесеўиң көгерсин, бахтын ашылсын, душпаныңның малы-мүлки шашылсын (ққ.х.қ.). 4. аўыс. Өсиў, раўажланыў, көбейиў, өнип-өсиў, үрим-путаклы болыў. Шәҳәрде болып абадан, Өссин урпақ көгерсин (ққ.х.қ.). 0 Гүл көгериў — жайнаў, жаснаў, раўажланыў, табысқа бөлениў. Қоллардан гүл көгерер, Беркийди табыс бели (Г.Есемуратов).