КӨЗ
Қарақалпақша
ат. 1. Адамдардың, ҳайўанатлардың, барлық тири жаныўарлардың, жанлы-жаныўарлардың көриў мүшеси, ағзасы.
Сәўле кеткели Ержанның еки көзи жолда болды (С.Хожаниязов).
... жаңа ғана туўылған қозының көзи де жылтырап, анасының жанында тур («Жеткиншек» г.).
2. Жер асты байлықларының шығатуғын жери, жолы.
3. Булақтың көзи.
Өттим таў ҳәм отлақлардан, Тырна көзли булакдардан (И.Юсупов).
4. Ийнениң сабақ өткеретуғын тесиги.
Жасы кайтқан кемпир де болса, Сулыўхан ийнениң көзинен сабақты усы бүгинге шекем өзи өткереди (Қ.Айымбетов).
5. Керегениң ямаса басқа да торлы затлардың тесиги.
Айнасының бир көзи сынса, үш-төрт адам жабылып келип оңлайды (М.Нызанов).
6. аўыс. Биреўдин, бир нәрсениң көзи.
- Солай, әзизлерим.
Көзимиздиң тирисинде қорланбайық, — деди (Т.Қайыпбергенов).
7. аўыс. Күнниң нуры, сәўлеси.
Күн көзи шықты жарқырап, Тоңлар ерип, жер былқылдап, Боздың шаклары бурқылдап, Дийқан иелер ўағын келди (Ж.Аймурзаев).
Думан тарқап, күнниң көзи көринсе, Жорға минғен омбасына сүринсе... (Бердақ).
8. аўыс. Көзи, өзи-көзи — биреўге қалған ескерткиш, урпақ, әўлад, нәсил.
Ол туңғыш улының өзи-көзи ғой (Ж.Аймурзаев).
Анасы өлер алдында: «Алмагүл тири болса, маңдайына шаң тийдирме.
Анамның көзи деп бил, улым» деген анасының сөзин қыймайды (Т.Қайыпбергенов).
9. аўыс. Бир илимниң ямаса тәлийматтың жолы менен, изи менен.
0 Ақ көз — ойсыз.
Алды артын ойламай ис қылатуғын жигитти қарапайым халық тилинде «ақ көз» дейди.
Алаңғасар, есалақ, «ақ көз», сен қайда барасаң («Ер Зийўар»).
Аталар көзи — жасы үлкенлердиң нөзери, ғамхоры менен қараў.
- Жүдә бәрекелла, тынығыпсыз, — деди хан олардың жүзине ғамхор аталар көзи менен қарап (Т.Қайыпбергенов).
Аш көз — а) дүньяға тоймайтуғын, ҳеш нәрсеге қанаат етпейтуғын, суғанақ, дүньяхор.
Қай жерде қытымыр аш көз, сүтқор ишпей-жемей, дүнья-мал жыйнайтуғын бақыл байлардың ... изине түсти (А.Бекимбетов).
Алламберген аўылдың аш көз жигитлериниң бири еди... (Ө.Айжанов).
Ашыўлы көз — қәхәрли түрде қараў, ашыў менен қараў.
Баласының өткир нәзери, ашыўлы көзи биреўлерге нәлет айтқандай... (С.Мәжитов).
Балық көз — жуўеринин қамырдан өтлесип, писиў халына жақындаған ўақыты, шала пискен ўақыт, писиў алды.
Ҳәзир бәри де балық көз болып киятыр (Т.Қайыпбергенов).
Бота көз — дөңгелек мөлдир қара көз.
Алма көз, бота көз, қой көз, қара көз, Гей бир қыздың бет жүзиниң бәри көз (И.Юсупов).
Гүлли көз — ақ түскен көз, көзине ақ түскен адамды қарапайым халық тилинде «көзиниң гүли бар» деп те атаған.
Жаман көзи менен қараў — қәлемеў, жақтырмаў, жек көриў.
Ўәзирдин ханға аталған қызға қол тийгизиўге хуқықы болмағанлықтан ийтерип киргизе алмады, қыз оның бул сырын түсинбей, «маған қанша жаман көзи менен қараса да, зорлап киргизиўге аталық меҳри күш бермей тур, жуўасыр» деген ой менен, қозғалмады (Т.Қайыпбергенов).
Дузшылар оның өтинишин ақмақдық көрип, жаман көзлери менен қарап еди (Т.Қайыпбергенов).
Жаўдыр көз - көзи жаўдыраған, жайнаған.
Жаўдыр көзли шийрин сәз, Ерни жуқа қаймақгай (ққ.поэз.ант.).
Жигит көзи менен — жигиттиң қәлеўи менен, көргени менен.
... Жигит көзи менен қыз алма деген дәстүрге салынып... (К.Султанов).
Жинли көзлениў — есерлениў, ойсызланыў, айбатланыў.
Өйдарҳадай айбат шегип, жулқынып, Ҳәм жинли көзленип, Жәйхун болып ақ (И.Юсупов).
Журттың көзи — бәршениң нәзери, дыққаты.
Барлық буйрық тек Маманнан болып атырғаны ушын журттың көзи сонда, аңтаң (Т.Қайыпбергенов).
Жылан көз — қысық көз, жумық көз.
Жумабай болса жылан көзден келген томпақ сары жигит еди... (ққ.поэз.ант.).
Истиң көзин билиў — жолын, тетигин, тәртибин, жүйин билиў, таныў.
... адамлардың истиң көзин билиў тәжирийбесине байланыслы (А.Бекимбетов).
Биринши мәселе истиң көзин билиўде (М.Нызанов).
Көзи қанға толыў — ашыўланыў, қәҳәрлениў, ғәзеплениў.
Усы ўаққа кирип келген Турсынбай көзи қанға толған хаялының қолына асылды (М.Нызанов).
Көз абай етиў — абай сиясат қылыў, биле гөре, жорта.
Ол артына қараған ўақытта көз