КӨЗИН ЖУМЫЎ
Қарақалпақша
р. а) Көзин қысып турыў, ашпаў.
Мен жыламадым, көзимди жумдым (А.Бекимбетов).
б) Жоқетиў, өлтириў.
... арамыздан оның көзин жумыў еди оның планы (А.Бекимбетов).
в) Биле тура қарамаў, абайламаў, өзин хабарсыз билмегенсиў, көрсетиў, өзин билмегенге салыў.
Илаж жоқ, көшениң абырайы ушын көзимди жумып өтирик айттым (М.Нызанов).