КӨМИР
Қарақалпақша
ат. 1. Жерден қазылып алынатын жылтыр қара тас сыяқты отқа жанатын органикалық қатты зат, тас көмир.
Шахталарда көмир қазғанын, шойын жол станциясында жумыс истегенин, Ғаний деген ноғай жигит пенен таныс болғанын айтты (Н.Дәўкараев).
2. Отқа жанған ағаш шоғының сөнип қараўытқан бөликлери.
Ошақтың ишиндеги қозлар көмир болды (Ж.Аймурзаев).
3. аўыс. Қапалану, қиыншылыққа ушыраў, аўыр турмысқа түсу.
Душпанларды кескей полат темириң, Халық дейип шығып еди көмириң («Қырқ қыз»).
Алтын менен жарқырайды өңириң, отқа жанып шықты мениң көмирим («Қырқ қыз»).