КӨМПЕК
Қарақалпақша
кел. Семиз, томпақ.
Бурын пысылдап жўыра алмайтын көмпек балаларда да шаққандасып кетти (Т.Қайыпбергенов).
0 Көмпек нан — қампайып пискен бос нан, шөрек, зағара.
Тезден бир буханка көмпек нанды алып келди (Н.Дәукараев).
Көмпек қар — тез ерип кететин бос қар, жумсақ қар.... арқамдағы үйилип қалған көмпек қарды түсирип, теректиң дым уша басына барып отырдым (ққ.х.е.).
Көмпек сөз — қуры бос сөз, биймәни сөз.
...бар мүмкиншилигинниң мийнетке қаратылмаўы, көмпек сөзге зор берип, белгили бир талаптың изине түспеди (Г.Есемуратов).
*