⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӨМУ

Қарақалпақша

ф. 1. Жерлеў, жер астына топырақ пенен жасыру, марҳумды жерлеў. Қаш қынның анасының өлигин ким қәстерлеп көмди дейсең (К.Султанов). Ер жүрекли еки жасты, Тирилей жерге көмген екен (И.Юсупов). 2. Жасыру, қымтаў, бүркеў. Булар қойнындағы мәйекти Анарға билдирмей жерге көмип, үстинен тебеди (ққ.х.е.). Көмип кетсе қудықты, Суўтаба алмай ишерге, Олардың қалық не болар (Бердақ). 3. Тәрбияның күши менен бир жерлерди әр қыйлы нәрселердиң басып кетўи (қар, қум, топырақ ҳәм т.б.). Қар көмип таслаған жолдың тек сүлделери ғана көринеди (А.Әлиев). ... үстин топырақ көмип кеткени елеге дейин ядымнан шықпайды,.. (А.Бекимбетов). 0 Гүлше көму — ииленген қамырды кишкене шөрек түрине келтирип қоламта астына таслаў. Анасы Тилегенге бир гүлше көмип ҳәм қазанға қатырған еки нанды жүктиң үстине қойған екен (Қ.Айымбетов).