КӨН I
Қарақалпақша
ат. 1. Ири ҳайўанлардың терисинен ииленген қатты былғары.
Айтажағым, балларым, дийкен болсаң жер еккен, Көн шарығың кең болсын (Жийен жыраў).
2. аўыс. Адамның азып қалўы, еттен түсўи, азыўы.
Солай болып истиң жөни, Қозғала алмай, шықпай үни, Биразлардың қалды көни, Өлгенлер көп болды буйыл (Бердақ).
Оразаның оны қалды, Кемпирлердиң көни қалды (ққ.х.н-м.).
0 Көн етик — териден, көннен тигилген етик.
Аяғындағы көн етиги қыста ызғардан былшылдап мазасын алса, жазда қақпаштай қатып, өкшесин ғайзайды (Ө.Айжанов).
Көнин жибиту — шаршаған адамның шай-су ишип ҳәлленип алўы.