⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӨНУ

Қарақалпақша

ф. 1. Бойсуну, мойынсуну, қайыл болу, көнлигиў. Қалыбай Атамураттың айтқанына көнди (Т.Қайыпбергенов). Мен де келдим, ата, сениң қасыңа, Көнейин деп қысы менен жазыңа («Қырқ қыз»). 2. Қиыншылыққа шыдам беру, шыдаў. Таяққа көнип қалған аяқлар биразға шекем шыдады (Ә.Шамуратов). 3. Айтқанына көну, ыразы болу, орынлаў, истеў. Нешше жылдан бери айтқанына көндим, сениң айтқаның менен болдым («Мәспатша»). 4. Истеўмеў, тил алмаў, қайылшылық бермеў. Бул айтқанына да көнбеди ол, арсызлықты бетер үдетип қызды қушақламақшы болды,... (Қ.Айымбетов).