⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӨП

Қарақалпақша

кел. 1. Мол, бир қанша. Мен көп нәрселерди айтар деп ойлаған едим,... (Т.Қайыпбергенов). 2. аўыс. Мудамы, бәрхама, недәўир, әдеўир, узақ ўақыт, кән ўақыт. Биздиң папамыз көп ўақыттан бери аўырыў еди (Ө.Айжанов). Көп жыллар, қәлем тартты «харып талмай», Жазғаны шығып турды бири қалмай (И.Юсупов). 3. аўыс. Халық, көпшилик, қәўим, топар. Жас болсаң да, шырағым, Толы көпке бас едиң («Қырқ қыз»). Еткен истериңнен өрнек көрсетип, Көп алдында табыс пенен көзге түс (ққ.поэз.ант.). 0 Көп узамай - узаққа созылмай, дәрҳал, тез ўақыттың ишинде. Сол ўақыядан көп узамай әжағамдар жайды сатып, мәкан өзгертти, ҳәзир жайымыздың қаяқта екенлигин саған айтпайман, себеби, сениң тири жүргениң керек маған (А.Султанов).