⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӨРСЕТКИШ

Қарақалпақша

ат. 1. Белгили бир өнимниң муғдары, табыстың мөлшери, шамасы, жетискенликтиң, жумыстың дәрежесин көрсететуғын улыўма нәтийже. Жаңа усылдың техникалық ҳәм экономикалық көрсеткиши анализленген еки беттен ибарат қосымша менен бирге усыныс етиледи (М.Нызанов). 2. Алдын ала белгиленген бир табыстың орынланыўы тийисли мөлшери, муғдары. Илажсыздан соңғы жыллары елимизде оқытыўшылар ҳәм муғаллимлердиң абырайын көтериў, оларға өзлериниң тийкарғы жумысларынан тысқары ўазыйпалар жүклениўиниң алдын алыў, баслаўыш класс оқыўшыларын кейтеринг усылында аўқатландырыў системасын шөлкемлестириў, питкериўши класс оқыўшыларының жоқары оқыў орнына кириў көрсеткишлери, сабақлықларды басып шығарыў бағдарындағы жүзеге келип атырған кемшиликлер сынға алынды («ЕҚ» г.). 3. Мөлшер (өлшем) дәрежесин билдиретуғын әсбап, қурал. 4. Бағдарлаўшы, баслаўшы, алып барыўшы. Усы шынар жол көрсеткиш жулдыздай, Адастырмай турды талай кәрўанды (И.Юсупов). 5. Белги, таңба, силтеў, нышан, бағдар бериўши. Тракторымның алдына көрсеткиш қараўыл орнаттым (К.Султанов). көрсеткиш тақтай қойылған жерге қарай жол баслады (Ж.Сейтназаров). Шаңарақты сақлап қалыў ҳәм күйеўди керекли қәдде услап турыў, оны қызықтырып турыў ушын нәзиклик керек. Бунда сорай билиў — ең тийкарғы көрсеткиш саналады («Саза» ж.). 6. мат. Белгили бир санның қандай дәрежеге көтерилиўин көрсететуғын цифр ямаса белги