КӨСЕ
Қарақалпақша
кел. 1. Сақалы менен мурты сийрек шығатуғын ер адам.
Мына еңгезердей көсе адамды усы дөгеректиң кудайы шығар деп пәнилиеди (Н.Дәўқараев).
Бес ул төреди патшадан, Бесеўи де көсе болған (Бердақ).
2. Лақап, атақ.
Бул хабарды Аллар көсе еситип қойшыға барады (ққ.х.е.).
аўыс. Жарамсыз, төмен, пәс, жаман.
Бет-аўзын ғаўлап сақал басты, бирақ тып-тыйныш көсе болды қосықлары (И.Юсупов)