КӨСЕЎ I
Қарақалпақша
ат. 1. Жанып турған отынды ямаса жанып турған оттың шоғын ийтерлейтуғын, қозғап отыратуғын темирден яки ағаштан исленген зат.
Тартыла қойған жағдайда, бир шәйнек яки кесе ушын, ҳәттеки, бир жағы күйе ағаш көсеў ушын бундай дослық шарт үзиледи (Т.Қайыпбергенов).
2. аўыс. Қорлаў, масқаралаў.
Көсеў қылып қойғаны аздай, хан елимизди талатады (Т.Қайыпбергенов).
3. аўыс. дин. с. а) алғыс, жақсы тилек билдириў.
б) қарғыс, жаман тилек билдириў.
Көсеўи көгермегир, бунша бизлерге қастын тийген екен ғой,.. (Ө.Айжанов).
4. аўыс. Қозғаўшы, ийтермелеўши.
Ҳәзир де солай.
Көсеўи бизики, қызғыны Абылқайырдың адамларыники.
Шүкир, жүдә жақсы ой салдыңыз (Т.Қайыпбергенов)