КӨСЕМ
Қарақалпақша
ат. 1. Ҳәммеге, көпшиликке танылған, көпшилик тәрепинен мойынланған идеялық, сиясий басшы.
Көсемлердиң сүўретлерин айнаға қапланған дийўалға илинди (Т.Қайыпбергенов).
Ешейинде қол шошайтып сөйлеўге қорқатуғын көсемлеримиздиң мойнына енди трос илинип, ескерткишлери алып таслана баслады (М.Нызанов).
2. Урыў, қәўим басшылары.
«Урал»дағы жигитлер грузин миллетинен екен, өз халқының көсемин қәдирлеп, машинамның айнасына қыстырып қойған мен, оларға туўысқанындай көринип кеткен секилди (Т.Қайыпбергенов).
3. Жөн-жосықты билетуғын, қыйын кыстаўда ақыл табатуғын киси, данышпан.
Батыр — жаўдың көсеми, шешен — даўдың көсеми (ққ.х.е.)