КӨСИЛИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Аяғын созып отырыў.
Келе жатты жаныўар, Төрт аяғын көсилип («Қырқ қыз»).
2. Жердиң ямаса басқа бир нәрсениң узыннан-узақ орынды алып созылып (ийелеп) жатыўы.
Бул көсилип жатырған жерде, көпирип отлайтуғын байдың шөли емес (К.Султанов).
Ашық аспанның аш толқыны есирип, Шалқар теңиз кең далада көсилип, ... (И.Юсупов).
0 Көсилип жатыў — а) узынынан түсип жатыў.
Аллам хорда жатыр халқым көсилип, Союўға мал таппай турмын қысылып (А.Дабылов).
б) кең далалық жер — кең көсилип жатқан дала Шамураттың бул сөзин қайталады (Қ.Досанов).
Көсиле жатқан жер пүтин, Кетеди екен көркейип (Б.Қайыпназаров).
в) бадырайып көриниў.
Ат излери дәрья қайырында көсилип жатты (Т.Қайыпбергенов).
г) Көсилип жазыў — еркин, кеңинен жазыў.
Ҳәзир биз мылтыққа жайланғанбыз, Асықпай көсилип жазыўға жол жоқ (И.Юсупов)