⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӨТЕРГИШ II

Қарақалпақша

кел. Не болса да көтере беретуғын төзимли, шыдамлы, көнгиш. 0 Туў көтергиш — туўды алып жүриўши адам, киси. Төредиң сөзин еситип, Туў тикледи қырқ жигит, Молла қораз дегенди, Туў көтергиш қылды (Бердақ). Бала көтергиш — баланы жийи-жийи туўатуғын ҳаял. Гүлсәнем үй жумысына ықласлы, мийнет сүйгиш те, бала көтергиш те келиншек болып жетилди (Ө.Айжанов). Кир көтергиш — кир болғаны билинбейтуғын материал. Пердегүл кир көтергиш гезлемеден өзине көйлек тигиўди әдет еткен ҳаяллардың бири еди (Ө.Хожаниязов)