⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӨТЕРИЛИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Жоқарылаў, ҳаўалаў, бийиклеў, аспанлаў, шарықлаў. Бираздан кейин ол минген самолёт ҳаўаға көтерилди (А.Бекимбетов). Қойыў шаң жоқары көтериледи (А.Бекимбетов). Тап усыны күтип турғандай басқа қослар менен ылашықлардан да изин-изинен түтин көтерилиўге көз салды (Т.Қайыпбергенов). 2. Урысыўға атланыў, гүреске умтылыў. Мәдирейим хан заманында Төремурат супы деген қарақалпақ жанжал шығарып, ханға қарсы көтерилди (К.Султанов). 3. Өсип жетилиў, раўажланыў. Соның ишинде, мал шарўашылығы, дийқаншылық, балықшылық, өнерментшилик бойынша бийикке көтерилди (С.Бахадырова). 4. Хызмет орнының жоқарылаўы, мәртебесиниң артыўы. Бийик мансапқа көтерилгеннен кейин ҳәмме оған ҳүрмет етеди, лекин ертең түскен ўақытта алдындағы табағына қоян дәрет сындырып кетиўи мүмкин (М.Нызанов). 5. Орнынан турыў, турғылаў. Қалай орнымнан қалай көтерилгенимди билмей де қалыппан, ...(ққ.х.е.). 6. Жылжып шығыў, өрмелеў. Ол трибунаға көтерилип көпшиликке қарай қолындағы приказды оқып еситтирди (А.Бекимбетов). Бийиктен ойға түсиў, ойдан бийикке көтерилиў кеўилли (Т.Қайыпбергенов). 7. Көпшилик арасында даңқының, абырайының жоқарылаўы. Халық арасында Абдулланың абырайы көтериледи (ққ.х.е.). 8. Инициатива көтериў, баслама баслаў, баслаўға кирисиў. Инициатива көтерилди бул иске, қолға алар мәрт жаслар (Т.Сейтжанов). 9. аўыс. Будақлаў, ҳаўалаў. Атлардың туяғы менен аспанға шаң көтерилди (Ө.Айжанов). Усы ўақытта узақтан аспанға көтерилип будақланған шаң көринди (К.Султанов). Түс қайта арқа жақтан көтерилген тентек даўыл кешке шекем басылмады (Қ.Досанов). 10. аўыс. Үйилиў, бийиклениў. Гейде таў етегинде ақ бултқа усап пахта қырманлары да көтерилип жатыр (И.Юсупов). Тирилгендей өмир кирип, көтерилди қум қабағы (И.Юсупов). 11. аўыс. Жоқарылаў, тикейиў, қайырылыў. Ҳәр сөйлегенде қалың қабағы ашылып-жабылып, жуқа еринлериниң бир жағы көтерилип турады (С.Хожаниязов). 12. аўыс. Қозғалыў, гәп болыў, сөз болыў. балаларға Атамурат бүгинги көтерилген мәселени тағы да ескертип қойды (Т.Қайыпбергенов). 13. аўыс. Қалқып шығыў. Мен оның суўдан көтерилип шыққан еки аяғын өз көзим менен көрдим (А.Бекимбетов). 14. аўыс. Шадланыў, қуўаныў, руўхланыў, кеўли көтерилиў. Бул қызлар айтатуғын қосық есиме түсип, кеўлим көтерилип сала берди (Ө.Хожаниязов). 15. аўыс. а) күлки болыў, шаўқым болыў. отырыс қызып, күлки көтериле баслады (Қ.Айымбетов). б) мазақ болыў, масқара болыў. Енди олардың үстинен күлки көтерилди (А.Әлиев). 16. Орнынан турыў, турғылаў. Көтериле алмай, қайта жығылды, және тырысты... (Т.Қайыпбергенов) 0 Бәлентке көтерилиў — жетилисиў, толысыў. Данышпанлардың айтыўынша, инсанның үш тийкарғы мақсети бар: байлықта жасаў; руўхый жақтан бәлентке көтерилиў, денсаўлықтың беккем болғаны («Саза» ж.). Даўыл көтерилиў — күшли самал есиў. Жанжал көтерилиў — урыс шығарыў, даўласыў. Бундай аўхалда арада даў-жанжал көтерилиўи ықтимал («Саза» ж.). Кеўли көтерилиў — шадланыў, қуўаныў. Жалғаннан болса да сол гәплерди жазғанда, кеўлим таўдай көтерилип қалған болар еди (М.Нызанов). Ризығының көтерилиўи — ырысының келиўи, ислериниң оңынан келиўи. Көтерилетуғын ырысқа усындай күн қолай келиўине қара, — деп гүбирленди ишинен Әжинияз (К.Султанов). Сыпсың көтерилди — гәп таралды, өсек шықты. Журт бир демге ләм-мимсиз қалып, аздан соң екеў ара сыпсың көтерилди (Т.Қайыпбергенов). Шаўқым көтерилиў — жанжал, урыс, даў шығыў. Шатырда сарай адамлары абыржып, өкинишли шаўқым көтериледи (И.Юсупов). Есинен көтерилиў — умытыў, есинен шығарыў. Тап усы мәўритлерде мен ҳаққындағы қызғанышы да есинен көтерилген шығар (М.Нызанов)