КӨТЕРИҢКИ
Қарақалпақша
кел. 1. Жоқарырақ, бийигирек, бийиклеў, жоқарылаў.
жаслардың көтериңки руўхы ҳаққында сөздиң болыўы тәбийғый нәрсе (Г.Есемуратов).
Ғаррының нәзери көтериңки (К.Султанов).
2. Кеўилдиң көтериңкилиги, сергеклиги.
Кеўлим көтериңки сайрайды тилим, Тынығып сайрасам тыңдайды елим (Д.Назбергенов).
Кеўил, мине, көтериңки, Ескен самал мазалы (Ж.Аймурзаев).
3. Тийкарғы шамадан, мөлшерден артығырақ, зыятырақ, көбирек, молырақ.
0 Мийнет көтериңкилиги — жумыста жақсы ислегени ушын жоқары баҳалаў, жақсы ислеў, артықша хызмет көрсетиў.
Мийнет көтериңкилиги туўып, курылысларда жумыс қызар (С.Нурымбетов).
Кеўли көтериңки — қуўанышлы, шадлы.
Кеўлиң көтериңки илҳам-қуўаныш болар, Жақсы адамларға жолыққан күни (И.Юсупов)