КӨШЕР
Қарақалпақша
ат. Арбаның яки транспорттың еки дөңгелегиниң ортасына суғылып, оны көтерип туратуғын ағаш яки темир.
Қара үйдиң қапталында арбаның көшерин майлап отырған Қосыбай аспанға жалт-жалт қарап ... (К.Султанов).
Маманға патшалықтан үсти тери менен жабылған, керек емес жағдайда жыйнап қоя беретуғын, төрт дөгелекшили, темир көшерли, сулыў күйме инам етилди (Т.Қайыпбергенов).
♦ Бахыт көшери — жақсы турмыс, бахытлы заман.
Танымайсаң Бозатаўды кешеги, Айланса деп едиң бахыт көшери (К.Султанов).
Тарийх көшери — бахытлы заман, дәўир, заман.
Ҳеш күш тоқтата алмас тарийх көшерин, Топылса табанда табар әжелин (К.Султанов).