КӨШИРИЛИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир жерден екинши жерге көширип алып келиниў ямаса көширип жиберилиў, орнының өзгертилиўи.
...Теңизде балық аўлап жүргенлер көлге көширилди (М.Әбдреймов).
Қуў далаға хожалықлардың көширилгенине неше күнлер болды (Ж.Аймурзаев).
2. Бир китаптағы ямаса жазылған сөзлерди басқа бир дәптерге көширип жазыў.
Ол неше жола әлле биреўлердин сөзлеринен көширилип жазылған үлги еди ғой,.. (Ө.Айжанов).
...қалған жағы станларт формада көшириле берди (Г.Есемуратов).