ЛАГЕРЬ
Қарақалпақша
ат. 1. Ўақытша қоныс басқан жер, орын.
Артекте пионер лагеринде дем алып атырған бир группа досларымыздан хат алдық (Ө.Хожаниязов).
2. Белгили бир бағдар, тәреп.
3. Урыста қолға түскенлерди сақлайтуғын орын, концлагерь.
0 Балалар лагери — мектеп оқыўшыларының жазғы дем алыста дем алатуғын орны.
Июнь айының екинши ярымынан баслап балалар лагеринде дем алыўға кеттик, — деди Әмет («ЕҚ» г.).
Мийнет пенен дүзетиў лагери — мәмлекетлик тәртипти бузған адамларды мийнет пенен тәрбиялайтуғын орын.